Қарақалпақ тили клавиатура макетлери
Бул макетлер Windows операцион системаларына мөлшерленген болып,
юникод символларды көрсете алатуғын ҳәр қандай программада ислейди.
Макетлерде қарақалпақ тилине тийисли болған ҳәриплер жәрдемши клавишалар арқалы териледи. Нәтийжеде, клавитурадағы ҳеш қандай ҳәрип жоғалмайды: яғный қарақалпақ кирилл макетинде “отырып” биймәлел рус тилинде, ал қарақалпақ латын макетинде “отырып” биймәлел инглис тилинде жаза бериўге болады.
Жәрдемши клавишалар қайсылар?
Қолайлықты асырыў мақсетинде бирдей ўазыйпаны атқарыўшы, тең күшке ийе болған еки жәрдемши клавишалар ислетилген. Булар, клавиатураның шеп-жоқары бөлегиндеги “`”, “~” ҳәм “ё” символлары жайласқан клавиша ҳәмде клавиатураның оң-жоқары бөлегиндеги “\”, “|” ҳәм “/” символлары жайласқан клавишалар.
Төмендеги сүўретте сол жәрдемши клавишалар көрсетилген:
Бундағы және бир қолайлық, Word-қа усаған программаларда керекли ҳәриплерди Ctrl ҳәм Alt клавишаларына байланыстыраман деп, сол клавишалардың өз ўазыйпаларын жойтып қоймайсыз. Мәселен, Ctrl + F клавишалар комбинациясы “Ә” ҳәрибине ислетилместен, өзиниң “излеп табыў” ўазыйпасын атқарады.
Қарақалпақша ҳәриплер қалай териледи?
Қарақалпақша ҳәриплерди териў ушын дәслеп жәрдемши клавишалардың биреўи басып-жибериледи (басып турылмайды). Кейнинен, керекли “тийкарғы” клавиша басылады.
Мәселен, “ә” ҳәрибин териў ушын, жәрдемши клавишалардың биреўи басып-жиберилгеннен кейин, “а” клавишасы басылады.
Қарақалпақша кирилл ҳәриплерин териў ушын қолланылатуғын “тийкарғы” ҳәриплер:
Қарақалпақша ҳәрип | Тийкарғы ҳәрип |
Ә | А |
ә | а |
Ғ | Г |
ғ | г |
Қ | К |
қ | к |
Ң | Н |
ң | н |
Ө | О |
ө | о |
Ү | И |
ү | и |
Ў | У |
ў | у |
Ҳ | Х |
ҳ | х |
Қарақалпақша латын ҳәриплерин териў ушын қолланылатуғын “тийкарғы” ҳәриплер:
Қарақалпақша ҳәрип | Тийкарғы ҳәрип |
Á | A |
á | a |
Ǵ | G |
ǵ | g |
Ń | N |
ń | n |
Ó | O |
ó | o |
Ú | U |
ú | u |
Í | I |
ı | i |
Жәрдемши клавишалардың ҳәриплери қалай териледи?
Жәрдемши клавишалардың өзлериниң ҳәриплерин териў ушын, сол жәрдемши клавиша басып-жиберилгеннен кейин, “бослық” - (Пробел) клавишасы басылады.
Ҳәмде, жәрдемши клавишалар тек қарақалпақша ҳәриплерге тәсир етеди. Яғный, жәрдемши клавишадан кейин қарақалпақша емес ҳәрипти терсеңиз, жәрдемши клавишалардың өзлериниң символлары териле береди.
Усы программаларды қай жерден аламыз?
Қарақалпақ тилиниң латын ҳәм кирилл графикаларына тийкарланған клавиатура макетлерин орнататуғын программаларды төмендеги силтемелер арқалы көширип алыўыңыз мүмкин:
- ҚҚ - Кириллица v1.0 клавиатура макети: .exe файл ямаса .7z файл
- QQ - Latın v1.0 клавиатура макети: .exe файл ямаса .7z файл
Буны қалай орнатамыз?
1. Жоқарыдағылардан өзиңизге керегин көширип алың.
Бул файллар өзин-өзи иске түсириўши болғаны ушын ҳәмде оларды еле аз сандағы пайдаланыўшылар көширип алғаны ушын, браузерлар вирус болыўы мүмкин деп ескертеди. Бирақ, буларда вирус жоқ!
Бундай жағдайда, төмендеги сүўреттегидей етип, көширип алсаңыз болады:
2. Көширип алған файлыңызды иске түсириң.
Төмендегидей айнада “Да” деп, жуўап қайтарың:
Дурыс орнатылса, төмендегидей хабар береди:
3. Болды!
Бирдей макетлер екеў болмаўы ушын, қәлесеңиз, компьютериңизде алдыннан болған “Русский” ямаса “Английский” деген макетлерди өширип тасласаңызда болады.
Базы бир Windows-ларда компьютерди өширип жақпаса, жаңа орнатылған макетлер көринбеўи мүмкин.
Соның ушын ҳәр итималға қарсы, компьютериңизди өширип-жағыўды мәсләҳат беремиз.
Көриниси төмендегидей болады:
Келешекте қандай өзгерислер болады?
- Макетлерди автомат орнатыў имканияты
- Видео қолланба ислеп шығыў
- Компьютерде алдыннан болған макетлерди автомат өширип таслаў имканияты
- Пайдаланыўшылардың пикирлерин үйренген ҳалда, қолайлы макет ислеп шығыў
- Макетлерди Windows-тың өзине қосыў бойынша, Microsoft-қа мүрәжаат етиў
Усынысларымызды қай жерге жиберемиз?
Усынысларыңызды телеграм арқалы @jiemurat
-қа ямаса мына жерде қалдырыўыңызға болады.